АҚШ Саўда ўәкили Кетрин Тай 2024-жылдың 11-12-июнь күнлери Өзбекстанға келеди.
Ол 11-июнь, шийшемби күни Шавкат Мирзиёев, президент администрациясы ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары менен баспасөз ушын жабық болатуғын ушырасыўлар өткереди.
12-июнь, сәршемби күни болса елши Тай Самарқанд қаласында болады. Ол жерде ўәлаят ҳәкими Эркинжон Турдимов пенен ушырасады ҳәм бул ушырасыў да баспасөз ушын жабық болады.
АҚШ Саўда ўәкили 13-июнь күни Қазақстанға жөнеп кетеди ҳәм Астанада Орайлық Азия саўда ҳәм инвестиция ҳадли келисиминиң кеңесинде қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги