Өзбекстанныӊ алтын-валюта резервлери май айында 1,5 миллиард доллардан асламға көбейди. Бул ҳаққында Орайлық банк мағлыўматларында келтирилген.
Атап өтилиўинше, 1-июнь жағдайына бола, мәмлекеттиӊ резервлери бир айлық 1,52 миллиард доллар өсиў менен, 36,6 миллиард долларға жетти.
Экономист Атабек Бакировтыӊ Telegram каналында жазыўынша, регуляторда резервлерге байланыслы ашық мағлыўматлар тарийхында дәслепки мәрте баҳалы қағазлар бойынша статистика пайда болған. Оған бола, баҳалы қағазлар 35 миллион долларды қураған.
Сырт ел валюталарындағы активлердиӊ муғдары болса 9,26 миллиард долларға жеткен.
«Ай даўамында ислеп шығарыўшылардан сатып алынғаны менен биргеликте 400 мыӊ унция әтирапында алтын сатылғаны ушын резервлердиӊ алтын бөлеги физикалық баҳада 11,4 млн. унцияға қысқарған, бирақ пул баҳасында 278,8 млн. долларға көбейип, 26 млрд 812,4 млн. долларға жеткен», дейди Бакиров.
Қарақалпақстан хабар агентлиги