«Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги жарыслар даўам етпекте.
Жарысты өткериўден баслы мақсет – жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды көркем өнерге, исбилерменликке, китапқумарлыққа, спорт пенен турақлы шуғылланыўына қызықтырыў болып есапланады.
Ҳәзирги күнге шекем мәҳәлле жаслары арасында өткерилип атырған жарысларда қатнасыў тилегин билдирген 340 680 жас 5 tashabbus.uz. электрон платформасынан дизимнен өтип, жарысларда белсене қатнаспақта.
Быйыл мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың жеңил атлетика түри бойынша да жарысларды бес басқышта өткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жарыстың “Жеңил атлетика” түри бойынша Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди. Оған районлық басқышларда жеңимпаз болған 400 ден аслам жаслар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Жарыс нәтийжелерине бола, мәҳәллелердеги 16-21 жастағы жас өспирим ер балалар арасынан Елликқала районындағы Гүлистан МПЖ, қызлар арасынан Беруний районындағы Тынышлық АПЖ, 22-26 жастағы ер балалар арасынан Нөкис қаласындағы Шығыс МПЖ, қызлар арасынан Өрнек МПЖ, 27-30 жастағы ер балалар арасынан Нөкис қаласындағы Туңғыш қоныс МПЖ, қызлар арасынан Қанлыкөл районындағы Бостан МПЖның жаслары биринши орынды ийеледи.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги