Бийдай орымы алдынан көргизбели семинар болып өтти

231

Усы жыл 9-июнь күни Әмиўдәрья районында быйылғы жылғы бийдай орымына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мол зүрәәт жетистириўде алып барылып атырған әмелий илажлары ушын өз миннетдаршылығын ҳәм бийдайдан бийик қырман жаратылыўына тилеклеслик билдирди.

Илаж алдынан жасы үлкенлер тәрепинен дийқанларымыздың алдында турған машақатлы ҳәм жуўапкерли ислеринде күш-қуўат, елимизде молшылық, дастурханымыз толы болыўын тилеп, қуран оқылды.

Семинарда даўам ететуғын орым-жыйын мапазында әмелге асырылатуғын жумыслар кеңнен түсиндирилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы дийқан ҳәм фермерлеримиз ушын “Ғәлле жылы” болды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, көп жыллық тәжирийбеден белгили – бәҳәр айларында жаўын-шашын муғдарының көп болыўы ҳәм ғәлле өсип раўажланыўы ушын ҳаўа-райының оптимал келиўи – зүрәәттиң мол болыўына унамлы тәсир көрсетеди.




Быйылғы жылдың зүрәәти ушын 63 мың гектарға егилген ғәлле майданынан гектарына 30 центнер есабынан 189 мың тонна дән қабыллаў режелестирилмекте. Жетистирилген бийдайды қысқа мүддетте шөлкемлескенлик пенен орып-жыйнап алыў бойынша талап етилетуғын қаржылардың есап-санағы ислеп шығылған.

Орым-жыйын жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 202 отряд дүзилип, бул отрядларға 202  дән орыў комбайны, 606   дән тасыў автомобили, 1 мың 376  транспорт тракторы ҳәм тиркеме, 105  жанылғы тасыў агрегаты, 689 жуўапкер тараў қәнигелери бириктирилди. Жанылғы май материаллары резерви жаратылды.

Семинар жуўмағында бийдай орымы дәўиринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өнимниң зая болыўына жол қоймаў бойынша фермер хожалықларының басшыларына, ғәллекеш ҳәм механизаторларға кең түрде түсиник берилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги