Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды көркем өнерге, исбилерменликке, китапқумарлыққа, спорт пенен турақлы шуғылланыўына қызықтырыў мақсетинде ҳәр жылы «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар быйыл да ҳәр қыйлы спорт түрлери бойынша басқышпа-басқыш жылдың ақырына шекем даўам етпекте.

Быйыл мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың жеңил атлетика, стол тенниси, шахмат, шашка, армрестлинг, волейбол, стритбол, миллий гүрес, киши футбол, футбол, гимнастрада, Workout ҳәм параспорт түрлери бойынша жарыслар бес басқышта өткерилиўи режелестирилген еди.

Мектеп оқыўшылары арасында спорттың шашка, жеңил атлетика, стол тенниси, киши футбол, волейбол түрлери ҳәм «Қуўнақ стартлар» бойынша ул ҳәм қыз балалар арасында үш басқышта, билимлендириў мәкемеси, қалалық ҳәм районлық, аймақлық финал басқышы көринисинде өткерилиўи белгиленди.

Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң муғаллимлери арасындағы спорттың жеңил атлетика, стол тенниси, стритбол, киши футбол ҳәм волейбол түрлери бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасындағы жарыслар төрт басқышта, топарлар аралық факультет, факультетлер аралық жоқары билимлендириў мәкемеси, аймақлық ҳәм аймақлар аралық республикалық финал басқышы көринисинде болады.


– Президентимиздиң 2022-жыл 11-апрель күнги “Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спорт илажларына қатнастырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында 2022-жыл апрель айынан баслап “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде мәҳәлле жаслары арасында ғалабалық спорт илажларына старт берилген еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң ғалабалық спорт жарысларын шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Икрам Қудияров.

2022-жыл спорт жарыслары спорттың 9 түри (жеңил атлетика, стритбол, шахмат, шашка, стол тенниси, футбол, мини-футбол, гимнастрада ҳәм воркоут) бойынша бес басқышта, яғный көше-мәҳәлле-сектор-район-аймақлық ҳәм республикалық финал басқышында, бес жас категориясында 7-10, 11-15, 16 -21, 22-26 ҳәм 27-30 жастағылар арасында өткерилди.

Бул жарысларда жасларымыз 19 медальды қолға киргизген болса, екинши мәўсиминде 34 медальға ийе болды.

“Бес баслама олипиадасы” шеңбериндеги спорт жарысларының  2023-жылғы мәўсимлери де жоқары дәрежеде өткерилди ҳәм Қарақалпақстанлы жаслар 33 медальды қолға киргизди.

Президентимиздиң басламасы менен басланған быйылғы “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги жаслар арасында өткерилип атырған жарыслар көлеми кеңейтилип, жарыслар мәҳәлле жаслары, мектеп оқыўшылары, профессионал билим бериў орынлары оқыўшылары, жоқары оқыў орынлары студентлери ҳәм мәкеме-шөлкемлерде ислеўши 45 жасқа шекемги ислеўшилер, сондай-ақ, имканияты шекленген инсанлар арасында ғалабалық спорттың 12 түри бойынша  3-4-5 басқыштан ибарат спорт жарыслары жоқары дәрежеде өткерилмекте.

Бул жарысларды өткериўде жарысқа қатнасыўшыларды жыйнаўдың, оны шөлкемлестириўдиң қыйыншылықлары, өзгешеликлери есапқа алынып, айрықша итибар қаратылмақта.

Бул жарысларда қатнасыў тилегин билдирген жаслар 5tashabbus.uz.электрон платформасы арқалы дизимнен өткерилиўи белгиленген болып, ҳәзирги күнде мектеп муғаллимлери арасында өткерилген үш басқыштан ибарат спорт жарыслары өз жуўмағына жетти ҳәм жарыс жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

Ҳәзирги күнге шекем мәҳәлле жаслары арасында өткерилип атырған жарысларда қатнасыў тилегин билдирген 340 680 жас 5tashabbus.uz. электрон платформасынан дизимнен өтип, жарысларда белсене қатнаспақта.

Бүгинги күнге келип жарыслардың жеңил атлетика, стол тенниси, воркоут спорт түрлери ҳәм “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” ушын өткерилип атырған мини-футбол ҳәм футбол түрлери бойынша үшинши районлық басқышлары жуўмақланып, жарыслардың районлық басқышларының жеңимпазлары район (қала) ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, спорт мектеплери тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Районлық басқышта жеңимпаз болып, Қарақалпақстан Республикалық басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизген жасларға Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен берилген спорт формалары (футболка, шорти, кепка) берилди.

Ал спорттың шашка, шахмат ҳәм армрестлинг түрлеринен
екинши сектор басқышлары жуўмақланды. “Ишки ислер министри кубоги” ушын спорттың волейбол түри бойынша биринши мәҳәлле басқышлары жоқары дәрежеде өткерилмекте.



Мектеп оқыўшылары, профеционал билим бериў оқыў орынлары оқыўшылары, жоқары оқыў орынлары студенлери ҳәм мәкеме-шөлкемлерде ислеўшилер арасындағы жарысларға сентябрь айында старт бериледи.

Буннан тысқары физикалық имканияты шекленген инсанлар арасында өткерилип атырған жарыслардың Қарақалпақстан Республикалық басқышы жуўмақланып, жарыс жеңимпазларына Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен таярланған естелик саўғалар ҳәм Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен берилген спорт формалары (спорт кийими ҳәм спорт сумкалары) берилди.

 

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги