Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

«Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жол қурылысы бойынша стратегиялық жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресиминиң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Бул мәмлекетлеримиз арасында раўажланған дәстүрий тығыз ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўындағы ҳақыйқый тарийхый ўақыя болып есапланады. Бүгин биз биргеликте кең регионымызда экономикалық ҳәм транспорт байланысларын беккемлеўге қаратылған әҳмийетли әмелий қәдемлерди тасламақтамыз.

Усы мүнәсибет пенен, биринши гезекте, Қытай Халық Республикасының Баслығы, ҳүрметли мырза Си Цзиньпинге «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде Трансконтинентал транспорт ҳәм транзит коридорының ажыралмас бөлеги есапланатуғын бул әҳмийетли инфраструктуралық жойбарды алға қойыўда көрсеткен жеке итибары ҳәм оны толық қоллап-қуўатлағаны ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Жаңа темир жол Қытай менен экономикалық бирге ислесиўимизди кеңейтип, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириўге хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

«Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолы тарийхый Уллы жипек жолы бойлап өтеди. Ҳақыйқатында да, биз көп әсирлер даўамында саўда байланыслары ҳәм мәдений алмасыўлардың раўажланыўына хызмет еткен бул ески жолды заманагөй шараятта қайта тиклеп атырмыз.

Соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, бул темир жол Қытайды регионымыз бенен байланыстыратуғын ең қысқа қурғақлық жолына айланады.

Таллаўлар соны көрсетеди, оның қурылысы артып атырған жүк тасыў көлемине нәтийжели хызмет көрсетиў, оларды тасыў ўақты ҳәм баҳасын сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын береди. Қәнигелердиң атап өтиўинше, жүк тасыўдың жыллық көлеми 15 миллион тоннаға шекем жетиўи мүмкин, товарларды ақырғы тутыныўшыларға жеткериў мүддети болса 7 күнге қысқарады. Буннан тысқары, заманагөй транзит ҳәм логистика инфраструктурасы, қоймаханалар ҳәм терминаллар жаратылады.

Жойбардың әмелге асырылыўы ақыбетинде жүзеге келетуғын экономикалық тәсирди барлық мәмлекетлер сезеди. Дәслеп, жаңа кәрханалар ҳәм он мыңлаған жумыс орынлары жаратылады, өз-ара товар алмасыў ҳәм санаат кооперациясының көлеми, инвестициялық тартымлылық өседи ҳәм тийкарғы нәтийже – пуқараларымыздың турмыс дәрежеси артады.

Келешекте бул жол бизиң мәмлекетлеримизге перспективалы Трансаўған коридоры арқалы Қубла Корея ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлериниң кең базарларына шығыў имканиятын береди, транзит потенциалын ҳәм регионлараралық өз-ара байланыслылықты сезилерли дәрежеде арттырады.

Қәдирли дослар!

Соны атап өтпекшимен, бул кең көлемли жойбарды әмелге асырыў ушын Өзбекстан аймағында барлық зәрүр инфраструктура жаратылған.

Буннан тысқары, биз заманагөй темир ҳәм автомобиль жоллары миллий тармағын кеңейтпектемиз, жүклерди қайта ислеў ҳәм тасыў процесслерин жеделлестириў мақсетинде санлы технологияларды жедел енгизбектемиз.

Бирге ислесиўшилеримизди және бир мәрте исендирип айтпақшыман, Өзбекстан темир жол қурылысы, қол қойылып атырған келисим ҳәм қабыл етилген «жол картасы» бойынша избе-из бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр.

Узақ мүддетли улыўма мәплеримизге жуўап беретуғын «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолы стратегиялық жойбары дослық ҳәм шериклик қатнасықларымызды беккемлейтуғынына, мәмлекетлеримиз, халықларымыздың абаданлығы ҳәм раўажланыўына хызмет ететуғынына исенемен.

Бул кең көлемли жойбардың барлық қатнасыўшыларына үлкен табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.