Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев зайыбы менен бирге Түркияға рәсмий сапар менен келди.

Пайтахттың “Эсонбуға” аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркия вице-президенти Жавдат Йилмаз ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды. Жоқары мәртебели мийманлар ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.


6-июнь күни еки мәмлекет жетекшилери басшылығында жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси болып өтеди.

Сөйлесиўлер шеңберинде Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик байланысларын раўажландырыў, сиясий, саўда –экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.


Сапар бағдарламасына муўапық, биринши рет еки мәмлекеттиң жетекши кәрханалары ҳәм компаниялары басшылары менен биргеликтеги ушырасыў өткерилиўи де режелестирилген.




ӨзА