Өзбекстан бай тарийхқа ҳәм сийрек ушырасатуғын мәдений-тарийхый мийрасқа ийе. Булардың ҳәммеси мәмлекетимизде үлкен потенциалы ҳәзирше толық иске қосылмаған туризм индустриясын раўажландырыў ҳәм елимизди жәҳән туризм орайларынан бирине айландырыў имканиятын береди.
Соңғы жылларда Өзбекстанда туризм санаатын раўажландырыў, экономиканың тез ѳсиўин тәмийинлеўде оның ролин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, дүнья базарында миллий туристлик ѳним потенциалын жоқарылатыўға хызмет ететуғын барлық шараятлар жаратылмақта. Бул бағдарда елимиз басшысының тараўды раўажландырыўға тийисли бир неше пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип, сыртқы ҳәм ишки туризмди ҳәр тәреплеме кеңейтиў, туризм хызметлерин жедел раўажландырыў, сондай ақ, мәдений мийрас объектлерин қорғаўды күшейтиў мақсетинде илажлар әмелге асырылмақта.
Бирақ, 2020-жылда басланған коронавирус пандемиясынан ең кѳп зыян кѳрген тараў – бул туризм болды. Пүткил жер жүзилик туристлик шѳлкеми мағлыўматларына бола, туристлердиң келиўи 2020-жылы 2019-жылдағы кѳрсеткишке салыстырғанда 74 процентке азайып, кѳрилген зыян болса бир миллиард доллардан асқан.
Бүгинги күнге келип пүткил дүньяда туризмди қайта тиклеўге инвестициялар қамтылып, тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, салық ҳәм мәжбүрий тѳлемлерде жеңилликлер берилмекте. Солардың қатарында Өзбекстанда да бул бағдарда атап ѳтиўге ылайық жумыслар әмелге асырылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2024-жылы 3- июнь күни аймақларда туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлер ағымын еледе кѳбейтиў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси ҳәм тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен сәўбетте бул бойынша исленген жумыслар және бир мәрте талқыланды. Кемшиликлер кѳрсетилип, оларды шешиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги қурамалы геосиясий ҳәм экономикалық жағдайда туризм сыяқлы жаңа жумыс орны жарататуғын, инвестиция ҳәм экспортты кѳбейтетуғын тараўларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап ѳтти. Мәмлекетимиз туризм тараўында мине, усындай иске қосылмаған потенциал бар екенлиги, күни кеше Ислам бирге ислесиў шѳлкеми Туризм кеңесине басшылық етиў ўәкиллиги Өзбекстанға ѳткени де үлкен имканият екени кѳрсетип ѳтилди.
Атап ѳтилгениндей, дүньяда экономикалық жағдай қыйынласқан ҳәзирги шараятта кѳбирек жумыс орнын жарататуғын, инвестиция ҳәм экспортты кѳбейтетуғын тараўларды қоллап-қуўатлаў зәрүр. Туризмде бундай потенциал үлкен. Бул тараўға бағдарланатуғын ҳәр бир доллар келеси ўақытта 3-4 есе дәрамат келтиреди. Ҳәр бир жаңа жумыс орны басқа тармақларда және 2 жумыс орнын пайда етеди. Өткен жылы октябрьде Самарқандта болған Пүткил жер жүзилик туризм шѳлкеми форумы шеңберинде 2 миллиард 300 миллион долларлық инвестициялық келисиўлерге ерисилген еди. Олардың арасында туризм инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа орайлар қурыўға қаратылған жойбарлар кѳп.
Селекторда мәмлекетимиз басшысы сырт ел инвесторлары тәрепинен Шаҳрисабз районы Ғелон ҳәм Сарчашма аўыллары арасында 3 мың гектарлық таў-муз комплексин қурыў басланғанлығы ҳәм Мираки аўылы бойынша мастер реже ислеп шығылып атырғанлығы ҳәм басқа әмелге асырылып атырған жумысларды кѳрсетип ѳтти.
Сондай-ақ, “Байсын бәҳәри” халықаралық этно-фестивалы ѳткерилип атырғанлығы нәтийжесинде Сурхандәрьяда туристлер ағымы 4 есеге артқанлығы, жаслардың эстремал туризмге қызығыўы жылдан-жылға артып атырғанлығын есапқа алып, Бостанлық, Паркент ҳәм Айдаркѳлде бул тараўды раўажландырыўға имканиятлар жеткиликли екенлиги мәлим етилди.
Ҳүрметли Президентимиз Мойнақта да парашют пенен секириў ҳәм ҳаўа дайвинги экстремал туризминраўажландырыў мүмкин екенлиги ҳәм буның ушын айрықша ҳаўа аймағы болыўы керек екенлигин атап ѳтти.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасында да соңғы жылларда үлкен ѳзгерислер жүз бермекте. Соннан Арал теңизи жағалаўында “АРАЛ ПЛАЗА” туристлик комплекси ашылды. Бул кеўилли дем алыў ушын барлық қолайлы шараятларға ийе Өзбекстандағы биринши курорт орны есапланады. Сондай ақ, усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Нѳкис қаласынан Мойнақ районына самолёт қатнаўы жолға қойылды. Жаңадан ашылған “Нѳкис-Мойнақ- Нѳкис” жѳнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте пәрўазларды әмелге асырады.
Жаңа самолёт қатнаўы жолға қойылыўы менен Қарақалпақстанның ең белгили туристлик орынларынан бири болған Мойнақ районына сырт елли туристлериниң келиўи, соның менен бирге, халқымыз ушын да қолайлы имканият жаратылғанлығын атап өтиў зәрүр. Сондай ақ, Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги қарары менен “Нѳкис-Стамбул-Нѳкис” ҳәм “Нѳкис-Алма-ата-Нѳкис” жаңа авиа жѳнелислерин жолга қойыў белгиленген еди.
Усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы тәрепинен “Нѳкис-Алма-ата-Нѳкис” жѳнелиси бойынша, 3-июнь күни болса “Нѳкис-Стамбул-Нѳкис” авиа жѳнелиси бойынша дәслепки рейс әмелге асырылды. Әлбетте булардың барлығы Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў имканиятын арттырады ҳәм Қарақалпақстанға туристлердиң келиўин бир неше есеге көбейеди.
Туризм экономиканың раўажланыў процесин тезлестириўши фактор сыпатында экономикалық ҳәм социаллық машқалалар шешиминде әҳмийетли орын тутады. Сондай-ақ, қосымша жумыс орынларының жаратылыўына, экономикалық белсенди халықтың бәнтлигин арттырыўға, миллет абаданлығын жоқарылатыўға хызмет етип, экономикалық жумыстың ѳз-ара байланыслы болған бир қатар тармақлары менен инфраструктураның раўажланыўына түртки болып, ғалаба ен жаяды.
Туризм әйне пайытта ағартыўшылық ҳәм пуқаралық жәмийеттиң руўхый тийкарларын қәлиплестириўде күшли қурал болып та хызмет етеди. Соннан келип шыққан ҳалда, партиямыз мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлап, тараўдың раўажланыўы ушын ѳз усыныс ҳәм басламалары менен қатнасады.
Тажибай РОМАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, ӨзМТДП фракциясының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги