«OpenAI» компаниясының «ChatGPT 4» жасалма интеллекти дүнья бойынша ислемей қалды. Дүньядағы көплеген пайдаланыўшылар ҳәзирги ўақытта чатботтың ислемей атырғанынан шағым етпекте.

Көпшилик пайдаланыўшылар әйне пайытта өз сораўларын сәўбет айнасына жазыўы мүмкин, бирақ кириў түймеси жуўап бермей атыр. Буннан тысқары, веб-сайтта алдыңғы чатларға кириў имканияты жоқ.

Үзилислерди бақлаўшы «DownDetector» веб-сайтына бола, жасалма интеллект чатботы менен байланыслы машқалалар ҳаққында хабарлар Ташкент ўақты менен саат 11:30 әтирапында пайда болған.

Машқала 3 сааттан берли шешилгени жоқ. Компания оңлаў илажларын көрип атырғанын мәлим етти, бирақ ҳәзирше нәтийже болмаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги