Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни Өзбекстан-Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, «AC2A P9234» компаниясы басқармасының баслығы Муҳаммад Абунайянды қабыллады.

Саудия Арабстаны компаниялары менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери, соның ишинде, биргеликтеги инвестициялық жойбарлардың барысы көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы «ACWA Power» менен нәтийжели шериклик алып барылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул компанияның мәмлекетимиз энергетика тармағын «жасыл» технологиялар тийкарында модернизациялаўдағы жетекши орны атап өтилди.

Бүгинги күнде ағымдағы ҳәм перспективалы жойбарлар портфели 17 миллиард доллардан артты.

Исбилерменлер кеңесиниң жумысы шеңберинде Саудиядан жаңа компанияларды мәмлекетимизге тартыў бойынша жедел жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аэропортлардың инфраструктурасын жетилистириў, энергетика тармағын раўажландырыў ҳәм санластырыў, ыссылық тәмийнаты тармақларын модернизациялаў, шығындыларды қайта ислеў, фармацевтика ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў, медициналық клиникалар ашыў, туризм орайларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығы жойбарларын алға қойыў ҳәм басқа да бағдарларға байланыслы биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА