Футбол бойынша Өзбекстан U-20 сайланды командасы ҳәзирги күнлери Қытайда өткерилип атырған халықаралық турнирде қатнаспақта.
Кеше Фарҳод Нишонов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Қубла Корея Республикасы жаслары менен өз-ара күш сынасты ҳәм бул ойын 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Ушырасыўдың 35-минутында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Равшан Хайруллаев гол урыўға еристи.
Қарақалпақстанлы футбол жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, сайланды команда қурамында дәрўазаман Самандар Муратбаев ҳәм ҳүжимши Муҳаммедәлий Реймовлар өз шеберликлерин көрсетти.
Сондай-ақ, бул халықаралық жарыста Өзбекстан ҳәм Қубла Кореядан тысқары, Қытай ҳәм Вьетнам сайланды командалары да қатнаспақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы