“Экспорт үш қәдемде” системасыныӊ абзаллығы

Бажыхана уйымлары тәрепинен экспортшылар, ислеп шығарыўшылар, дийқан ҳәм фермерлер ушын әпиўайыластырылған “Экспорт үш қәдемде” системасы ислеп шығылып, усы жылдыӊ 25-март сәнесинен баслап автомобильде тасыўшылар әмелге асырылатуғын экспорт операциялары ушын әмелиятқа енгизилди.
Бул системаныӊ абзаллықларын исбилерменлик субъектлерине тереӊ түсиндириў ушын орынларда дөгерек сәўбетлери өткерилмекте.

Нөкис сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында шөлкемлестирилген усындай ушырасыўлардыӊ гезектегиси Бажыхана комитети, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ жуўапкерлери, аймақта жумыс алып баратуғын экспортер кәрханалары ўәкиллериниӊ қатнасыўында өткерилди. Бул система енгизилгенге шекем 9 басқышта әмелге асырылып киятырған экспорт операциялары енди 3 басқышта Өзбекстан товарларыныӊ дүнья базарларына шығыўына имканият жаратпақта. Бул болса, өз гезегинде исбилерменлик субъектлериниӊ ҳәм ўақтын, ҳәм қәрежетлериниӊ үнемленип, қолайлы исбилерменлик орталығыныӊ жаратылыўына тийкар болмақта.
Бүгинги күнге шекем аймақта жумыс алып баратуғын оннан зыят исбилерменлик субъекти усы системаныӊ абзаллықларынан кеӊ пайдаланып, елиўден зыят бажыхана жүк деклерациясы арқалы экспортқа әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилген. Тез бузылатуғын мийўе-овощ өнимлери ушын үлкен көлемдеги бажыхана постларында (соныӊ ишинде “Даўыт ата” шегара бажыхана постында да) өз алдына жоллар шөлкемлестирилген болып, бул өнимлердиӊ бажыхана рәсмийлестирилиўи гезексиз, әпиўайыластырылған тәртипте әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постыныӊ хызметкерлери тәрепинен тез бузылатуғын мийўе-овощ өнимлери тасылып атырған автотранспорт қуралларыныӊ айдаўшыларына халық аралық стандартларға сай ажыратыў белгилерин алдыӊғы айналардыӊ оӊ тәрепине орнатыў бойынша да үгит-нәсият жумыслары орнатылып, арнаўлы белгилер үлги ретинде тарқатылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги