Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларына жоллама беретуғын жарыслар жуўмақланды.
Өзбекстанның бокс бойынша еркеклер ҳәм ҳаяллар миллий сайланды командасы 11 салмақта жолламаны қолға киргизди.
Бунда еркеклер сайланды командасы дүньяда бириншилерден болып толық қурамда лицензияны ийеледи.
Навбаҳор Ҳамидова (-66 кг) Таиландта жуўмақланып атырған Париж-2024 жәҳән лицензиялық турниринде табыслы қатнасып, 4 жыллықтың ең белгили жарыс қатнасыўшысына айланды. Ҳамидова шешиўши турда сербиялы Кристина Кулуховадан үстин келди.
Сол тәризде, бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасы Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларында 11 спортшы менен қатнасатуғын болды. Жигитлер толық қурамда (7), қызлар болса тарийхта биринши мәрте 4 спортшы менен жолламаға ийе болды. Бул ҳаял-қызлар командамыз ушын рекорд көрсеткиш есапланады.
Париж-2024 Олимпиада ойынларында қатнасатуғын бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамы менен танысың:
Ер-жигитлер:
-51 кг: Ҳасанбой Дўстматов
-57 кг: Абдумалик Ҳалоков
-63,5 кг: Руслан Абдуллаев
-71 кг: Асадхўжа Мўйдинхўжаев
-80 кг: Тўрабек Ҳабибуллаев
-92 кг: Лазизбек Муллажонов
+92 кг: Баҳодир Жалолов
Ҳаял-қызлар:
-50 кг: Сабина Бобоқулова
-54 кг: Нигина Ўктамова
-57 кг: Ситора Турдибекова
-66 кг: Навбаҳор Ҳамидова
Еслетип өтемиз, Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынлары усы жылдың 26-июлинен 11-августына шекем болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги