Исбилермен ҳәм инвестор ҳаял Ҳаллa Томасдоттир Исландиядағы президентлик сайлаўларында 34.6 процент даўыс жыйнап, Скандинавия мәмлекетиниң екинши ҳаял президенти болды. Бул ҳаққында мәмлекет миллий телерадио хызмети хабар берген.
Томасдоттир Уллы Британия бизнес магнати Ричард Бренсон тәрепинен тийкар салынған «The B Team» компаниясының бас атқарыўшы директоры есапланады.
Жаңа президент социаллық тармақлардың жаслар руўхый саламатлығына тәсири, Исландияның туристлик мәканы сыпатында раўажланыўы ҳәм жасалма интеллекттиң рөли сыяқлы фундаментал мәселелер бойынша сайлаўалды үгит-нәсиятын алып барды. Солай етип, мәмлекеттиң екинши ҳаял басшысы 1-август күни лаўазымына кириседи.
Вигдис Финнбогадоттир 1980-жылы Исландия мәмлекетиниң биринши ҳаял президенти болған еди. Сондай-ақ, соңғы жыллары еки ҳаял бас министр лаўазымын ийелеп, сиясий тынышсызлық жыллары даўамында турақлылықты тәмийинлеген.
Мағлыўмат ушын, 380 мың халқы болған бул мәмлекетте 1500 даўыс топлаған ҳәр қандай пуқара сайлаўда қатнасыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги