Сенатта БМШРБ ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

Олий Мажлис Сенатында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының еркин баҳалаў бойынша бас офисиниң халықаралық бақлаўшылары менен ушырасыў өткерилди. Бул ҳаққында Сенаттың рәсмий веб-сайтында жәрияланды.
Ушырасыў БМШРБ Еркин баҳалаў офиси тәрепинен Өзбекстан ушын өткерилип атырған үшинши мәмлекетлик бағдарламасын баҳалаў шеңберинде болып өтти. Мағлыўмат ушын, мәмлекетлик бағдарламаны еркин баҳалаў БМШРБның 2021-2025-жылларға мөлшерленген ағымдағы бағдарламасының улыўма жумысы, нәтийжелери ҳәм раўажланыўға қосқан үлесин баҳалаўдан ибарат.
Ушырасыў даўамында БМШРБ бағдарламаларының бейимлесиўшеңлиги, нәтийжелилиги, БМШРБ менен бирге ислесиўдиң ең көзге тасланған нәтийжелери ҳәм улыўма етип айтқанда бирге ислесиўде ерисилген нәтийжелер додаланды.

Атап өтилгениндей, БМШРБ ҳәм БМШтың басқа да агентликлери менен биргеликте кейинги 7 жыл ишинде гендер теңлик, ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаўға қаратылған нызамлар ислеп шығылды, 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы ислеп шығылды.
Гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың барлық бағдарларда ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси көплеген мәмлекетлер тәрепинен үйренилип, қызығыўшылық оятып атырғаны айрықша атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар келешектеги бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм оларды турмысқа енгизиўде тығыз бирге ислесиўге келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги