Өзбекстанда қырққа шамалас ҳүжжет ЖСШ келисимлерине үйлестирилди

Өзбекстанда миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) келисимлерине муўапықластырыў мақсетинде бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Қырққа шамалас ҳүжжет ЖСШ келисимлерине үйлестирилди.
Соның ишинде, ЖСШның «миллий режим» принципине муўапық исбилерменлик субъектлерин ҳәм интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериўде жергиликли ҳәм сырт елли шахслар ушын орнатылған мәмлекетлик бажы муғдары бирдей етип белгиленди.
Буннан тысқары, Әдиллик министрлигинде миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлерине үйлестириў бойынша арнаўлы басқарма шөлкемлестирилгенинен берли 700 ден аслам нызамшылық ҳүжжет жойбарлары ЖСШ қағыйдаларына муўапық екени жағынан экспертизадан өткерилди.
Бул пикирлер Әдиллик министрлигинде миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлерине үйлестириў мәселелерине бағышлап өткерилген конференцияда атап өтилди.
Әдиллик министриниң орынбасары Алишер Каримов Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен Әдиллик министрлиги ҳәм 20 дан аслам министрликлер ҳәм уйымда ЖСШ мәселелери бойынша бөлимлер шөлкемлестирилгенин атап өтти. Олар миллий нызамшылықты халықаралық нормаларға үйлестириў бойынша турақлы жумыс алып бармақта.
Депутатлар, министрликлер ҳәм уйымлар, изертлеў институтлары ҳәм Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң ўәкиллери қатнасқан илажда ЖСШға ағза болыў ушын нызамшылықты жетилистириў бағдарында исленетуғын жумыслар додаланды. Илимий жәмийетшилик тәрепинен бул бағдарда маман кадрларды таярлаў мәселелери ҳәм зәрүрлиги ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде ЖСШ қағыйдалары бойынша курсларды жетилистириўге айрықша итибар берилиўи керек екени атап өтилди.
Н.АБДУРАИМОВА, ӨзА