Республикамыздағы балалардың дем алыў орайлары ашылды

270

Жаз мәўсиминиң басланыўы менен республикамызда мектеп оқыўшыларының жазғы дем алысын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериўи ушын шөлкемлестирилетуғын Балалардың  дем алыў орайлары өз жумысын баслайды.

Быйылғы жылы да республикамызда бул жумысларды өз ўақтында ҳәм шөлкемлескенлик пенен өткериўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген жумыслар әмелге асырылды.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл 18-ноябрьдеги «Балалардың дем алысларын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, аймақлық комиссия тәрепинен тастыйықланған смена графиги менен усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап, республикамыз бойынша 10 стационар дем алыў орайлары өз жумысын баслады.

-Бул орайларға 1150 бала қабылланып, олардың кеўилли дем алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилди,-дейди Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы баслығы  Сәтбай Өтеӯлиев.-Атап айтқанда, Департамент тәрепинен Елликқала районында «Арал балалары», Төрткүл районында «Ақ кептер», Тақыятас районында «Айдын жол», Нөкис қаласында «Туран» ҳәм «Арал» балалардың дем алыў орайлары өз жумысын баслады. Ал, Мойнақ районында жайласқан «Ақ кеме» дем алыў орайы болса, 11-июнь күнинен баслап, балаларды өз қушағына қабыл етеди.

Сондай-ақ, район ҳәкимликлери ҳәм бир қатар қәўендер шөлкемлер тәрепинен Қоңырат, Беруний, Қанлыкөл, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларында да дем алыў орайлары шөлкемлестирилип, бул орынларда балалар кеўилли дем алмақта.

Усылар менен бир қатарда, республикамыз оқыўшыларының жазғы дем алысын мазмунлы өткериўи ушын қала ҳәм районлардағы билимлендириў орынларында, спорт, музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде ҳәм «Жаслар орай»ларында шөлкемлестирилетуғын балалардың мәдений ҳәм спорт саламатландырыў майданшаларына 3350 бала қамтып алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы