“Сунқарлар” жарысының жеңимпазлары анықланды

127

Өзбекстан Республикасы Қорғаныӯға көмеклесиӯши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Арқа-батыс әскерий округи тәрепинен Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде пуқаралар жыйынларындағы жаслар арасында  “Ӯатанды сүйиӯшилик – жоқары мақсетим!” сүрени астында “Сунқарлар” әскерий-спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.


Онда Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиӯдәрья, Қоңырат, Хожели, Қараөзек, Шымбай, Кегейли районларынан ҳәм Нөкис қаласынан 17-22 жас аралығындағы  жаслардан ибарат 10 команда қатнасты. Реже шәртлерине муӯапық командалар “Әскерий Ӯатанды сүйиӯшилик блоги”, “Әскерий-әмелий көп гүрес блоги” ҳәм “Спорт блоги” тийкарында күш сынасты.

“Әскерий Ӯатанды сүйиӯшилик блоги”нде командалар “Өзбекстан тарийхының билимданы” викторинасында билимлерин сынақтан өткерди. Сондай-ақ “Биз бир жәмәәтпиз!” шәртинде командалардың фотоальбомлары менен  вимпеллери, “Сап қосығы” таңлаӯы өткерилди.

“Әскерий-әмелий көп гүрес блоги”нде командалар пневматикалық қуралдан оқ атыӯ, оқыӯ  гранатасын узаққа ылақтырыӯ ҳәм әскерийлестирилген  эстафета бойынша беллести.  Оның шеңберинде  жаслар “АК-74” автоматын толық емес бөлеклерге ажыратыӯ ҳәм жыйнаӯ, газге қарсы нықапларды кийип, белгиленген аралыққа жуӯырыӯ шәртлерин орынлады.  “Спорт блоги” нде командалар дуатлон, 100 метрге жуӯырыӯ, турникте тартылыӯ бойынша жарысты.



 

Кескин тартысларда өткен жарыс жуӯмағында биринши орын  Кегейли районының “Лашын” командасына несип етти ҳәм финал басқышына жолламаны қолға киргизди. Бул команда өткен жылы да биринши орынды ийелеген еди. Екинши орынға Қоңырат районының  “Мәҳәлле” командасы, үшинши орынға Қараөзек районының “Темурийлар” командасы мүнәсип деп табылды.

Сондай-ақ, “Ең шебер мерген” номинациясында Беруний районы командасының ағзасы Дилшад Бекимбетов, “Ең жақсы спортшы” номинициясында Кегейли районынан Ақмарал Каримбаева сыйлықланды.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, мәпдар шөлкемлер тәрепинен кубок, диплом ҳәм естелик саӯғалары менен сыйлықланды.

Жарыстың финаллық басқышы июнь айында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги