Президенттиң исбилерменлер менен сөйлесиўи Қарақалпақстанда болып өтеди

Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жылдағы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи Қарақалпақстанда болып өтеди. Бул ҳаққында президенттиң тийисли қарарында атап өтилген.
Оған бола, президенттиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўин шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссия, сондай-ақ, аймақларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша жумысшы топарлар дүзиледи.
15-июньнан ашық сөйлесиў өткерилгенген шекем арнаўлы электрон платформалар, Саўда-санаат палатасы жанындағы Call-орай хызмети, социаллық тармақлар ҳәм көпшпели қабыллаўлар арқалы исбилерменлердиң мүрәжатлерин күни-түни қабыл етиў шөлкемлестириледи.
«Исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў» электрон платформасы иске қосылады. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдың августында халықаралық бизнес форумы да болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги