Таиланд ҳәм Филиппинниӊ Өзбекстандағы елшилери тайынланды
99

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Таиланд ҳәм Филиппинниӊ Өзбекстандағы жаӊа елшилеринен исеним жарлықларын қабыл етип алды. Бул ҳаққында министр өзиниӊ Telegram каналында мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Бахтиёр Саидов Таиландтыӊ Өзбекстандағы жаӊадан тайынланған елшиси Сасиват Вонгсинсават пенен ушырасыўда сиясий мәсләҳәтлесиўлерди жеделлестириў, экономикалық бирге ислесиўди жетилистириў, өз-ара товар айланысы көлемин арттырыў сыяқлы мәселелерди додалаған.
Сондай-ақ, Филиппинниӊ Өзбекстандағы елшиси етип тайынланған Роберто Г.Манало менен еки мәмлекет арасындағы еки ҳәм көп тәреплемели қатнасықлар бойынша пирик алысылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги