ИБШ Бас хаткери “Ҳазрати Имом” комплексинде
161

Ислам бирге илесиў шөлкеми Бас хаткери Ҳусайн Иброҳим Тоҳа мәмлекетимизге сапары даўамында Ташкенттеги “Ҳазрати Имом” комплексине барды.
Өзбекстан мусылманлары уйымы баслығы орынбасары Зайниддин домла Эшонқулов мәртебели мийманға мәмлекетимизде диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, уйым жумысы ҳәм комплекс ҳаққында мағлыўмат берди.

Иброҳим Тоҳа мырза комплекс қурамындағы мүбәрек орынлар менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, Қураны кәримниӊ “Мўйи Муборак” медиресесинде сақланып атырған ески нусқасы – Ҳәзирети Усман Мусҳафын зыярат етти.
ӨзА