Ташкентте ШБШ форумыныӊ XIX мәжилиси болып өтеди

100

Усы жыл 5-июнь күни Ташкент қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми форумыныӊ XIX мәжилис болып өтеди.

Илаж Өзбекстанныӊ басшылығында Президент жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Болажақ форум «Жаӊа шараятларда ШБШныӊ роли: улыўма қәўипсизлик, турақлылық ҳәм абаданлық жолындағы ис-ҳәрекетлерди бирлестириў» темасына бағышланған.

Онда дүньяныӊ 10 мәмлекетинен 40 тан аслам экспертлер, атап айтқанда, ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ миллий изертлеў орайларыныӊ ўәкиллик делегациясы, ШБШда бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм шөлкемниӊ қарым-қатнас бойынша бирге ислесиўшилериниӊ қәнигелери, ШБШ Секретариятыныӊ басшылығы ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыўшы комитети басшылығы қатнасады.

Илаждыӊ күн тәртиби ШБШ шеӊбериндеги бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли бағдарларына бағышланған үш- тийкарғы сессиялар, заманагөй раўажланыў басқышында ШБШ нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ШБШ форумы жумысын жетилистириўдиӊ келешектеги перспективаларын додалаўды өз ишине алады.

Форум жуўмағында ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ илаж  күн  тәртибиндеги мәселелер бойынша көзқараслары сәўлелендирилген Билдириўине қол  қойыў режелестирилген.

ӨзА