Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында халқымызға хызмет көрсетиў, көп қабатлы турақ жайларды басқарыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерилди.

Онда тараў жуўапкерлери, коммуналлық хызмет көрсетиўши, социаллық объектлерге бириктирилген мәмлекетлик-жеке шериклик кәрханалары, қала ҳәм районлардың тазалығына жуўапкер мәкемелер қатнасты.

Мәжилисте дәслеп бүгинги күнде республикамыз аймағында коммуналлық хызмет көрсетиў, орынлардың тазалығын сақлаў, пуқараларға турмыслық шығындылар менен байланыслы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер атап өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен пуқаралардың қарыздарлықларын өндириў бойынша жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде алып барылмай атырғанлығы ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар мәселелер сөз етилди. Буннан тысқары, социаллық объектлерди гүзги-қысқы мәўсимде сапалы жылытыў менен байланыслы бириктирилген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик кәрханаларының жумыслары, жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.

Мәжилис даўамында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги