«Жас усталар» мектеби шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги шөлкемлестириўиндеги «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы редакциясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен грант таңлаўы жеңимпазы болған еди.
Бүгинги күнде редакция жәмәәти «Ретро өнер» жойбары тийкарында Нөкис районында қобыз соғыўшы уста Марат Жиемуратовтың үй устаханасын шөлкемлестирип, усы жерден «Жас усталар» мектебин шөлкемлестирди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде қобыз усташылығына қызығыўшы 5 жас «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында бийпул өнер үйренбекте.

-«Қарақалпақстан мәденияты» газетасы тәрепинен елимизде қобыз усташылығын раўажландырыў, бул өнерди заманагөй кәсиплер қатарына киргизиў мақсетинде грант жойбарын әмелге асырмақта. Бүгинги күнге келип жойбар шеңберинде грант қаржылары тийкарында уста Марат Жиемуратовқа жасларға усташылықты үйретиў ушын үскенелер алып берилди,-дейди жойбар басшысы Гүлмира Палўанова.
Ҳәзирги ўақытта жаслар қобыз соғыўдың усыллары, тәртип-қағыйдалары менен жақыннан танысып, дәслепки усташылық жумысларын үйренип атыр. Әлбетте, бундай жойбарлар елимизде миллий өнерментшилигимиздиң бағдары болған қобыз усташылығын раўажландырыўда айрықша хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги