«Балалығым-патшалығым» таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды

160

1-июнь-халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен республикамыз балаларының бирден-бир газетасы есапланған «Жеткиншек» газетасы редакциясы ҳәм «Қызыл ярым ай» халықаралық жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен де байрам илажы шөлкемлестирилди.

Онда газетаның бас редакторы Зухра Исакова ҳәм Өзбекстан «Қызыл ярым ай»  жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Қуралбай Дәўлетмуратов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм жәмийет пенен биргеликте өткерилген «Балалығым-патшалығым» таңлаўының жеңимпазларына арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

-Газетада жәрияланған бул таңлаўға мен өзимниң бир қатар дөретпелерим менен қатнасып, онда биринши орынды ийеледим,-дейди жеңимпаз оқыўшылардың бири, Кегейли районындағы 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Улмира Турғанбаева.-Алдағы ўақытлары да жазғы дем алыс күнлери усындай таңлаўларға қатнасып, өзимниң дөретиўшилигимди жетилистирип барыўға ҳәрекет етемен. Өз гезегинде таңлаў шөлкемлестириўшилери ҳәм оның төрешилерине үлкен рахмет айтаман.


Сондай-ақ, илажда таңлаўға белсене қатнасқан бир қатар оқыўшыларға да арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы