Қараөзекли балалар да хошаметленди

1-июнь-халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Қараөзек районы орайындағы «Дем алыў бағы»нда аймақ балалары ушын арналған байрам илажы болып өтти.
Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақ балаларын ҳәм олардың ата-аналарын байрам менен қызғын қутлықлап, жас әўладларымызға бахытлы балалық тиледи.
Буннан соң 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының сүўретлеў өнери бойынша салған сүўретлерин көзден өткерип, оларға сабақ ушын зәрүр болған оқыў қуралларын тапсырды.
Байрам илажы ойын заўықлар менен даўам етти.

Сондай-ақ, усы күни район ҳәкими Узақберген Утамбетов Ал-Хорезмий атындағы жас математиклер халықаралық олимпиадасында қола медалын қолға киргизген Қараөзек районы қәнигелестирилген мектебиниң 8-класс оқыўшысы Илҳам Прекеев пенен де ушырасып, оның менен жақыннан сәўбетлести.
Ушырасыўда жеңимпаз оқыўшыны қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлап, оның устазларына, ата-анасына миннетдаршылық билдирди ҳәм оған район ҳәкимлигиниң естелик саўғаларын тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы