Әмир Темур бағында да балалар кеўилли дем алды

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленди.
Шынында да, бала күлкисинде әлем қуўанышы жәмленген. Әсиресе, олар ҳәр жылы 1-июнь күни үлкен қуўанышқа бөленеди. Ата-аналары менен бирге дем алыў бағларына, парклерге барады. Аттракционларда ушады. Ҳәр қыйлы мазалы тағамларды, музқаймақларды жеп, саўғалар алып қуўанып қалады.
Нөкис қаласындағы «Әмир Темур» мәдений дем алыў бағы да 1-июнь күни балаларға толы болды.
– «Әмир Темур» мәдений дем алыў бағы жәмәәти мәўсим басынан берли балалардың кеўилли дем алыўын шөлкемлестириў ушын барлық таярлықларды көрди. 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни ушын да 20 ға шамалас аттриакционларымызды таярлап қойдық. Мине, бес-алты күннен берли мәдений дем алыў бағымыз балаларға толы. Күнине мыңға шамалас бала келип, аттракционларда ойнап кетип атыр. Балалар үйиниң тәрбияланыўшылары, қәўендерликтеги майыплығы бар балалар шөлкемлескен тәртипте алып келинип, оларға бийпул хызмет көрсетилди. Бизлер кишкене балалар ушатуғын жети аттракционымызды, азанғы саат 09:00ден 12:00ге шекем бийпул етип қойыппыз,-дейди усы мәдений дем алыў бағының директоры Азамат Нуратдинов.
Аттракционларда ушыў ушын гезеги тезирек келмей атырған балалардың шыдамсызлығын айтпайсаңба. «Мени де тезирек мингиз!», деп бир бала жылап турыпты. Ал, басқа балалар оған гезегин бергиси келмей атыр.
– Үш баламды қыдыртыўға алып шығып едим,-дейди оның анасы. – Ушпаған аттракционы қалмады. Енди, мынаўсына ушамыз деп атыр. Балалардың көплигинен гезек те тезирек келмей атыр.

Байрам илажлары басқа да орынларда даўам етти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги