Тахтакөпирли тараў пидайылары ҳәм балалар хошаметленди

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Тахтакөпир районында да 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанның бахтыяр балалары!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.
Илажға район ҳәкими Ж.Адилов, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, аймақ балаларын байрам сәнеси менен қутлықлады ҳәм бир қатар тараў пидайылары менен ҳәр қыйлы таңлаўларда жетискенликке ерисип киятырған балаларға район ҳәкимлиги ҳәм қәўендерлер шөлкемлер тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.


Байрам илажы районлық Мәденият бөлиминиң хызметкерлери ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы