Соңғы жыллары елимизде халқымызды сапалы турақ жай менен тәмийинлеў, олар ушын заманагөй, барлық қолайлықларға ийе жайларды қурыў бағдарында бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Усы жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис қаласы “Шымбай гүзары” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында көп қабатлы турақ жай қурыӯ режелестирилген болып, усы турақ жайлардың қурылысының қазығы қағылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ҳәм түркиялы инвесторлар қатнасты.
Атап өтилгениндей, Нөкис-Шымбай автомобиль жолы бойында 5 қабатлы 15 турақ жай қурылыўы режелестирилген. Бул турақ жайлардың қурылысы ушын жергиликли қурылыс кәрханалары таңлап алынған болып, имаратлардың жойбар-смета ҳүжжетлери жергиликли жойбарлаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығылды.
Усы күнниң өзинде қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги