Қаршы қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында өткерилип атырған Өзбекстан кубоги өз жуўмағына жетти.
Үш күн даўам еткен беллесиўлердиң соңғы күнинде Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзасы Баҳрам Ражабов ең аўыр салмақта яғный +100 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизди.
Сондай-ақ, бул жарыста 52 кг салмақта Умида Джуманиязова, -70 кг салмақта қатнасқан Азада Медетбаевалар қола медальларын қолға киргизиўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы