Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына жөнеп кетти.

Сапар бағдарламасынан экономиканың түрли тармақларында әмелге асырылып атырған жойбарларды көзден өткериў ҳәм ири объектлердиң қурылысына старт бериў, мәҳәллелердиң турмысы менен танысыў орын алған.

Сондай-ақ, ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың келеси ўазыйпалары белгилеп берилиўи режелестирилген.

Сапар Баҳаўаддин Нақшбанд мақбарасын зыяратлаўдан басланады.


ӨзА