Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-май күни Египет Араб Республикасы Сенатының баслығы Абдулваҳоб Абдулрозиқ басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў алдынан Сенат баслығы Өзбекстан жетекшисине Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Египет арасындағы кең көлемли шериклик қатнасықларын буннан былай раўажландырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежедеги сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги кәрханалар саны артып бармақта. Египеттиң жетекши компаниялары менен биргеликте геология, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм туризм тараўларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.
Парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, нызам шығарыўшы уйымларда дослық топарларын дүзиў, жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм имканиятларын кеңейтиў бойынша тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Халықаралық структуралар, соның ишинде, Парламентлераралық аўқам, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм Араб парламенти шеңберинде әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
ӨзА