Президент Шавкат Мирзиёев 30-май күни экономика тармақларында энергияныӊ нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслардыӊ презентациясы менен танысты.
Жылдан-жылға энергия ресурсларына талап артып баратырған заманда олардан ақылға уғрас пайдаланыў, ысырапкершиликлерди азайтыўды турмыстыӊ өзи талап етпекте.
Усы мақсетте 2024-жылы аймақларда электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлеў бойынша мақсетли көрсеткишлер қәлиплестирилди. Усы мақсетли көрсеткишлер өндириске кесент етпеген ҳалда энергиядан пайдалыныўды нәтийжели шөлкемлестириў арқалы турақлы көлемлерди үнемлеўди нәзерде тутады.
Сондай-ақ, тутыныўшыларды энергия аудитинен өткериўдиӊ жаӊа тәртиби енгизилмекте. Оған бола, энергия аудити тек ғана халықаралық стандарталарға муўапық өткериледи. Аудит тийкарында шөлкем ҳәм кәрханалар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған илажлар ислеп шығылады ҳәм олардыӊ орынланыўы қадағланып барылады.
Бул бағдарда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын энергия аудити жуўмақлары ҳәм оннан кейин ерисилген нәтийжелер жыллық бизнес-режелерине киргизилип, бақлаў кеӊесинде тастыйықланады.
Ҳәр бир шөлкем басшыларына энергияныӊ нәтийжелилиги бойынша KPI енгизиледи.
Сондай-ақ, пайдалыныўшылар тәрепинен электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлықлары ушын әмелдеги тарифке өсиўши коэффициентти қолланған ҳалда қайта есап-санақ етиў, тутыныўшылар тәрепинен мәжбүрий энергия аудитин өткериў нәтийжесинде белгиленген илажлардыӊ мүддетинде орынланбаўы, усы илажлар орынланыўынан үнемлениўи күтилген жанар май-энергетика ресурслары баҳасы муғдарындағы жәрийма қолланыў тәртибин енгизиў мәселеси үйренилмекте.
Және бир усыныс – шөлкемлер, аймақлар ҳәм көшпес мүлк объектлери кесиминде энергиядан пайдаланыў рейтингин енгизиў. Онда Энергетика министрлиги тәрепинен энергия сыйымлығы еӊ жоқары болған ҳәм еӊ төмен болғанлардыӊ “10 лығы” жүритилип, ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилип барылады.
Презентацияда энергияны үнемлеў бойынша мақсетли көрсеткишлер ҳәм оны әмелге асырыў илажлары толық додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы айтылған усынысларды тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте тереӊ ҳәм пуқта ислеп шығыў, көрсеткишлерди халық депутаталары жергиликли кеӊеслериниӊ додалаўына киргизиў мақсетке муўапықлығын атап өтти.
Сондай-ақ, мәжилисте быйылғы жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў мәселелери додаланды.
Президент жуўапкерлерге таярлық жумысларын ҳәзирден баслаў ҳәм барлық зәрүр илажларды өз ўақтында әмелге асырыў, атап айтқанда, электр ҳәм ыссылық станцияларыныӊ үзликсиз ҳәм турақлы ислеўи ушын зәрүр жанар май ресурслары, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклердиӊ резервлерин қәлиплестириў, энергетика инфраструктурасын оӊлаў ҳәм модернизациялаў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.
ӨзА