Шараф Рашидов ҳаққындағы фильм Лондон кинофестивалында сыйлықланды

Усы жылдың 24-28-май күнлери Лондонда (ECG Film Festival) алтыншы Британия халықаралық кинофорум болып өтти.
Бул халықаралық кинофорумда «Өзбекстан тарийхы» телеканалының директоры Шуҳрат Ҳайитовтың «Sharaf Rashidov – the Inspirer for the Development of Mirzachul» (Шараф Рашидов – Мырзашөл раўажланыўының илҳамландырыўшысы)» атамасындағы хроникалық ҳүжжетли фильмниң жеңимпазы деп табылып, арнаўлы сыйлыққа ийе болды.
Бул фильм 30 ға шамалас мәмлекеттен жүзлеген кино фильмлер арасынан ең мүнәсиби деп табылғанын атап өтиў керек.
Бул фильмде белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың автобиографиясы, соның ишинде, оның Мырзашөлди өзлестириўдеги мәртлиги, мәмлекеттиң аўыл хожалығын дағдарыс жағдайынан алып шығыўдағы орны, ирригация, милиорация ҳәм басқа да бағдарлардағы жумысы сәўлелендирилген.
ӨзА