Оның атап өтиўинше, мазмунлы сөйлесиўлер Россия-Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Россия президенти Владимир Путин 26-27-май күнлери Өзбекстанға рәсмий сапары ўақтында миймандослық ушын Президент Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди. Тийисли мүрәжат Кремльдиң рәсмий сайтында жәрияланды.

«Өзбекстанға мәмлекетлик сапарым ўақтында маған ҳәм Россия делегациясына көрсетилген әжайып қабыллаў ҳәм умытылмас миймандослық ушын Сизге қызғын миннетдаршылық билдиремен», делинеди билдириўде.

Путинниң атап өтиўинше, мазмунлы сөйлесиўлер Россия-Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

«Сапар жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер, сондай-ақ, Аймақлар кеңесиниң нәтийжели мәжилиси ҳәр қыйлы бағдарларда өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар ашып атырғаны сөзсиз», деди Путин.

Россия басшысы сапар даўамында жеке толық сөйлесиў ушын да айрықша миннетдаршылық билдирди.

«Бул дослық сөйлесиў оғада қәдирли. Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын жүректен беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекетлик жумыста табыслар тилеймен», делинеди мүрәжат жуўмағында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги