Кеше Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында футбол бойынша Өзбекистон Суперкубоги ушын ойын болып өтти.

Онда өткен жылғы мәўсимде чемпионлықты қолға киргизген Ташкенттиң «Пахтакор» клубы Қаршының «Насаф» командасы менен ушырасты.

Ушырасыўдың 54-минутында Драган Черан пенальтиден есапты ашқан болса, 80-минутта «Насаф» футболшысы Шароф Муҳиддинов «тәрезиниң пәллеси»н теңлестириўге миясар болды. Буннан соң жарыс регламентине бола, пенальтилер сериясына нәўбет берилип, онда «Насаф» 4:3 есабында жеңиске еристи ҳәм өз тарийхында 3-рет Өзбекстан Суперкубогиниң ийесине айланды.

Рўзиқул Бердиевтиң шәкиртлери Суперкубокти қолға киргизиў бойынша барлық қарсыласларын, соның ишинде еки мәрте кубок жеңимпазы болған Ташкенттиң «Локоматив» клубын артта қалдырып, жеке кәрўанбасыға айланып алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы