Өзбекстан ҳәм Египет: саўда-экономикалық, мәдений гуманитарлық ҳәм парламентлераралық байланыслар және де беккемленеди

158

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Египет Араб Республикасы парламенти Сенаты Баслығыныӊ орынбасары Фиби Фавзи Гиргис пенен ушырасты.

Самарқанд қаласында өткерилген Азия ҳаял-қызлар форумында қатнасыў ушын елимизде мийман болған Фиби Фавзи Гиргис пенен сөйлесиў барысында Өзбекстан ҳәм Египет бирге ислесиўиниӊ кеӊ шеӊбери, атап айтқанда, саўда-экономикалық, мәдений гуманитарлық ҳәм парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Сәўбет процесинде тәреплер форумда көтерилген мәселелер, атап айтқанда, ҳаял-қызлардыӊ экономикалық имканиятларын, инновациялық жумыстағы қатнасыўын кеӊейтиў бойынша тәжирийбе алмасыў кереклиги атап өтилди.

Әсиресе, онда аўыллық жерлердеги ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенине итибар берилди.

Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў, илим, билимлендириў сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда парламентлердиӊ имканиятларынан пайдаланыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова,  ӨзА