Президентимиздиӊ быйылғы жыл 9-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарында Қарақалпақстан Республикасыныӊ бар тәбийғый шийки зат ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы санаат, аўыл хожалығы тараўларын жедел раўажландырыў, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын жақсылаў, исбилерменлик ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў, усы тийкарда халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде бир қанша илажлар белгилеп берилген еди.

Усы ҳүжжет тийкарында туристлер ушын қолайлы шараят жаратыў ушын Арал теӊизи бойында мобиль байланыс ҳәм интернет тармағы, атап айтқанда, Арал теӊизи бойындағы “Aral Plaza” туристлик дем алыў орайы жанында Ucell мобиль операторыныӊ жаӊа таяныш станциясы қурылып, иске түсирилди.

Нызамшылыққа муўапық, 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы Исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналарыныӊ инфраструктура объектлери ушын 5 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген.

Муҳайё Тошқораева,  

ӨзА