Қазақстандағы “Ана үйи” (“АНА ҮЙІ”) қайырқомлық жойбарыныӊ шөлкемлескенине 10 жылдан артты. Бүгинге шекем бул жойбар себепли мәмлекетте жети мыӊнан аслам баланыӊ тири жетим болып қалыўыныӊ алды алынған.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниӊ басламасы менен Қазақстанныӊ “АНА ҮЙІ” жәмийетлик фонды арасында қол қойылған өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға бола, Ташкентте де “Ана үйи” социаллық орайы ашылады.

Биринши “Ана үйи” социаллық орайы 8-10 жас балалы ҳаялды қабыл етиўи мүмкин. Екинши басқышта “Ана үйи” нәтийжелери тийкарында Өзбекстанныӊ белгили бир регионыныӊ мүтәжлигине қарап жойбарды мәмлекет бойлап кеӊейтиў белгиленген.

“Ана үйи” орайы қыйын социаллық жағдай ҳәм түрли унамсыз жағдайларда аналарға балаларын өзлери тәрбиялаў имканиятын бериў арқалы жәрдем береди. Орайда оларға ағартыўшылық, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиледи ҳәм бул жәрдем барлық зәрүр нәрселер, атап айтқанда, турақ жай, азық-аўқат, кийим-кеншек, сондай-ақ, ҳаял ҳәм бала ушын медициналық жәрдемди өз ишине алады.

Соныӊ менен бирге, “Ана үйи” жойбары шеӊберинде орайда жасайтуғын аналарды кәсиплик таярлаў бағдарламасы әмелге асырылады. Келешекте “Ана үй”леринде тигиўшилик устаханаларын ашыў, аналарға түрли қәнигеликлер бойынша билим бериў режелестирилген.

Нәтийжеде, “Ана үйи” орайында болған ўақыт даўамында ҳаяллар социалласыўы, профессионал кәсипке ийе болыўы менен өзлери ҳәм перзентлерин тәмийинлеў мақсетинде келешек ушын қаржы табыўы мүмкин.

Муҳайё Тошқораева,  ӨзА