Усы жылдың 23-февраль күни  Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Карьера күни» мийнет ярмаркасы өткерилди.

Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасын филиал директорының орынбасары  Р.Хайдаров кирис сөз бенен ашты ҳәм бул илажды өткериўдиң әҳмийети ҳаққында студент-жасларға кең түрде мағлыўматлар берди.

Мийнет ярмаркасына Нөкис қаласындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлеринде бар 345 бос жумыс орынлары менен қатнасып, питкериўши жаслар жумыс бериўши шөлкем қәнигелери менен мийнет шәртнамасын дүзиў бойынша өз-ара сәўбетлести.

-Бул илажды өткериўден мақсет, питкериўши курс студент-жасларына жумыс табыўға жәрдемлесиў ҳәм кадрларға зәрүрлиги бар мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханаларға жумысқа орналастырыў имканияты ҳаққында аймақлық мийнет базары бойынша толық мағлыўмат бериў болып табылады,-дейди бизге филиалдың баспасөз хаткери Мурат Тилеўбаев.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, 2023-2024-оқыў жылында филиалды күндизги, сыртқы ҳәм арнаўлы сыртқы бакалавр тәлим бағдарларын 17 қәнигелик бойынша 286 студент питкерип шығыўы күтилмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги