ХХ әсирде шөгип кеткен “Титаник” кемесиниң ең бай жолаўшысы Жон Асторға тийисли алтын саат Уллы Британиядағы ким зыят саўдасында дерлик 1,5 миллион долларға сатылды, деп мәлим етти “ Sky News” телеканалы “ Henry Aldridge & Son” ким зыят саўда уйи берген мағлыўматларға сүйенген ҳалда.

“Титаникдеги ең бай адамның өли денесинен табылған қол сааты 1,175 миллион фунт стерлингке сатылды”—деп хабар тарқатты усы телеканал. Айтыўынша, алдынырақ саатты 100-150 мың фунт стерлинг аралығында сатыў режелестирилген еди.

Henry Aldridge & Sonким зыят саўда үйиниң мәлим етиўинше, бул саат “Титаник” кемесинен табылған ҳәм саўдаға қойылған буйымлар арасында ең қымбаты есапланады.

Тарийхтан белгили, Британияның ең үлкен жолаўшы кемеси—“Титаник ” 1912-жылы 14-апрельде өзиниң биринши саяхатын әмелге асырып атырғанда муз таўына  урылып шөгип кеткен еди. “Әсир апатшылығы” деп сыпатлама берилген ўақыя шама менен 1,5 мың адамның океан түбине шөгип кетиўине себепши болған, деп жазады Xabar.uz

 

                                                                                 Қарақалпақстан хабар агентлиги