Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен Қазақстан Республикасынан Өзбекстан Республикасына кирип келген жүк автотранспортлары көрип шығылғанда жасырын тәризде бензин алып кириў факти анықланды.

Атап айтқанда, тийкарынан дизелъ жанар майы менен ҳәрекетленетуғын бул автотранспорт қуралының багинде дизель майы емес, ал жасырын тәризде жайластырылған, жәми баҳасы 26 миллион сумға тең болған 2 тонна 110 литрлик бензин жанар майы алып киятырғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги