Ташкент халықаралық инвестиция форумына таярлық бойынша мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни III Ташкент халықаралық инвестиция форумына таярлық бойынша презентация менен танысты.
Бул әнжуманныӊ абырайы ҳәм көлеми барған сайын артып бармақта. 2022-жылы өткерилген дәселпки форумға 56 мәмлекеттен мыӊнан аслам сырт елли мийманлар келген болса, быйыл 84 мәмлекеттен шама менен 2 мыӊ 500 адам қатнасыўы күтилмекте. Олардыӊ арасында ҳүкимет ўәкиллери, ири компаниялардыӊ басшылары, БМШ, ЕТРБ, ОПЕК, ШБШ сыяқлы халықаралық шөлкемлерден жоқары мәртебели мийманлар бар.
Сол себепли форумға пуқта таярлық көриў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ бийлиги қабыл етилди. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен тийисли министрликлер менен биргеликте барлық шөлкемлестириў илажлары көрилди.

Форум мәмлекетимиздиӊ экономикалық имканиятларын көрсетиў ҳәм өз-ара пайдалы жойбарларды келисиў ушын қолайлы майдан болып табылады. Соныӊ ушын, оныӊ шеӊбериндеги илажлар, додаланатуғын мәселелер көп. Атап айтқанда, сектор мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, презентациялар, ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери сыяқлы 40 тан аслам илажлар режелестирилген. Сондай-ақ, елимиздеги бир қатар жойбарларды иске қосыў мәресими нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, ҳәр бир тармақ ҳәм аймақтыӊ инвестициялық потенциалын толық көрсетиў бойынша көрсетпелер берди.
3-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт елли инвесторлар кеӊесиниӊ екинши жалпы мәжилиси де өткериледи.

Бизге белгили, бул кеӊес дүнья жүзи тәжирийбеси ҳәм әмелиятларына сүйенген ҳалда, Өзбекстан ҳүкиметине мәмлекетти инвестициялық, санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажландырыўдыӊ еӊ әҳмийетли бағдарлары бойынша мәсләҳәтлер береди. Бул ретки мәжилисте де мәмлекетимизде инвестиция орталығын жақсылаў ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылады.
ӨзА