Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстанлы бир топар исбилерменлердиң Қытай Халық Республикасының Гуанчжоу қаласында болып атырған “China Import and Export Fair (Canton Fair) – 2024” көргизбесинде қатнасыўы шөлкемлестирилмекте.
Ҳәр жылы бәҳәрги ҳәм гүзги мәўсимлерде өткерилиўи дәстүрге айланған бул илажда басқарманың бөлим баслығы Расул Раметуллаевтың басшылығындағы делегация ағзалары Қытай мәмлекетиниӊ жетекши исбилерменлери менен бирге ислесиў бағдарында сѳйлесиўлер алып бармақта.
– “Canton Fair” ярмаркасы Қытай мәмлекетиниӊ экспорт-импорт бағдарындағы еӊ ири илажларыныӊ бири болып, онда транспорт ҳәм машина қурылысы, қурылыс ҳәм пардозлаў, тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы тараўларына байланыслы техникалар кѳргизбеге қойылады,-дейди Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.
Республикамыз исбилерменлериниӊ усындай халықаралық илажларда белсене қатнасыўы елимизде ислеп шығарылып атырған ѳнимлердиӊ сапасыныӊ артыўына ҳәм олардыӊ дүнья базарына шығыўына кең мүмкиншиликлер жаратады.
Бизнес сапар жуўмағы бойынша толық мағлыўматты жақын күнлерде каналымызда жәриялаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги