Алимент тɵлеўден қашып жүрген ана Ташкент қаласынан табылды

Нызамшылыққа бола ер жетпеген перзентлерди материаллық тǝмийинлеў ǝкениң де, ананыңда миннети болып есапланады.
Оны орынламағанлардан материаллық тǝмийинлеўди алыў суд қарары тийкарында ǝмелге асырылмақта. Ең ашынарлысы ҳǝзирги күнде ɵзи дүньяға келтирген перзентлерин материаллық тǝмийинлеўден қашып жүрген аналар да ушырасады.
Атап айтқанда, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Тɵрткүл районлық бɵлими ис жүргизиўиндеги суд буйрығы тийкарында ҳаял адам болған қарыздар Р.Г.дан тɵрт перзентиниң тǝмийнаты ушын қǝйин енеси А.Р.ның пайдасына алимент ɵндириў белгиленген болып, қарыздар алимент пулларын тɵлеўден қашып жүргенлиги ақыбетинде оның қарыздарлығы 47 миллион сумнан асып кеткен. Сол себепли, оған қарата Мǝжбүрий орынлаў бюросы Тɵрткүл районлық бɵлими мǝмлекетлик орынлаўшысы тǝрепинен излеў жǝрияланған.
Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы ҳǝм Ишки ислер бөлими хызметкерлери тǝрепинен алып барылған оператив-излеў илажларында қарыздар Р.Г. Ташкент қаласы Сергели районында жайласқан шайханалардың биринен табылған. Қарыздарға қарата ҳǝкимшилик протокол рǝсмийлестирилип, топланған ҳүжжетлер жынаят ислери бойынша Тɵрткүл районлық судына жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги