Хожели районы ҳәкимлигинде, районнан сыртқы миграцияда жүрген пуқараларды ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша семинар болып өтти.

Илажға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы  Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор  У.Жалменов, район ҳәкими Ж.Ермашев, Өзбекстан  кәсиплик аўқамлары Федерациясы ўәкиллери, жумысшы топар қурамы ағзалары ҳәм 28 мәҳәллениң жетилиги қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар сыртқы миграцияда жүрген пуқараларды қоллап-қуўатлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм басқа да жәрдемлер көрсетиў бойынша пикир-усыныслар билдирип, алдағы ўақытта ислениўи тийис болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги