«Лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди тәртипке салыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-68-санлы, 19.04.2024 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан;

— интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи;

— лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерлерликти шөлкемлестириў жумыслары нызамшылыққа муўапық Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги (ўәкилликли уйым) тәрепинен берилетуғын лицензиялар тийкарында әмелге асырылады.

Лицензиялар тийкарында қәлиплестирилген лоторея, интернет тармағындағы ойынлар ҳәм букмекерлик гиреўлеринде тек 18 жасқа толған Өзбекстан резиденти ҳәм резидент емеслери қатнасыўы мүмкин.

2025-жыл 1-январьдан 5 жыл мүддетке лоторея ҳәм интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын салыққа тартыўдыӊ төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби белгиленеди:

— лотерея, интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў яки букмекерлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық тәреплер лоторея, интернет тармағы ойынларын шөлкемлестириў жумысынан яки букмекерлик жумысынан алынған жәми дәраматынан төленген табыслар ҳәм қайтарылған ставкалар шегирилген ҳалда 4 процент ставкасына айланыстан алынатуғын салық төлеўшилери есапланады;

— физикалық тәреплердиӊ Агентлик тәрепинен берилген лицензиялар тийкарында өткерилетуғын лотореялар ҳәм интернет тармағындағы ойынлардан ҳәм букмекерлик гиреўден алынған табыслар сыпатындағы дәраматлары дәрамат салығы төлеўден азат етиледи.

Лотерея ҳәм интернет тармағында ойынлар, букмекерлик жумысы шөлкемлестириўшилерин жынайый жумысынан алынған дәраматларды легалластырыў, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиўди мониторинг ҳәм қадағалаў функциялары Агентлик ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги