Устаздың жемисли мийнетлери атап өтилди

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында республикамызға белгили устаз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Жеңисбай Джумамуратовтың 70 жасқа шығыўы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Джумамуратов Жеңисбай Шарибаевич 1954-жылы 9-май күни Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында туўылған. 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетин питкерген. Қәнигелиги бойынша математика пәни муғаллими.
Ушырасыў кешесинде сөзге шықканлар Ж. Джумамуратовтың 100 ден аслам шәкиртлери Ташкент, Нөкис қалаларындағы, айырымлары сырт еллердеги жоқары оқыў орынларын техника, экономика, физика, математика, информатика бағдарлары бойынша питкерип, бир қаншасы илим докторлары ҳәм илим кандидатлары дәрежесине ерисип, республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўы жолында пидайылық пенен мийнет етип атырғанын мақтаныш пенен тилге алды.

Ол 2017-жылдан берли Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында методист, бөлим баслығы, академиялық лицей ҳәм техникумларға методикалық жақтан жәрдем көрсетиў секторының бас қәнигеси, қосымша «Математика оқытыў методикасы» кафедрасында үлкен оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги