Статистика агентлиги 2024-жылдыӊ январь-март айларында аймақлар бойынша орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақыныӊ еӊ жоқары көрсеткишлери қайсы аймақларға туўра келгени ҳаққында мағлыўмат берди.

Оған бола, орташа айлықтыӊ еӊ жоқары көрсеткишлери Ташкент қаласында (8 116,8 мыӊ сум), Наўайы ўәлаятында (6 500,3 мыӊ сум), Ташкент ўәлаятында (4 764,4 мыӊ сум), Әндижан ўәлаятында (4 390,9 мыӊ сум) ҳәм Қарақалпақстан Республикасында (4 065,4 мыӊ сум) бақланды.

2024-жылдыӊ январь-март айларында аймақлар бойынша орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақыныӊ еӊ жоқары өсиў пәтлери болса Әндижан ўәлаятында (125,2 процент), Ташкент қаласында (122,3 процент), Ферғана ўәлаятында (121,5 процент), Наўайы ўәлаятында (118,8 процент) ҳәм Жиззақ ўәлаятында (118,2 процент) бақланды.

Есабат дәўиринде экономикалық жумыс түрлери бойынша орташа айлық мийнет ҳақыныӊ еӊ жоқары көрсеткиши – банк, қамсызландырыў, лизинг, кредит ҳәм дәлдалшылық жумысы тараўына туўра келип, 13 228,7 мыӊ сумды қурады. Сондай-ақ, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўы 11 732,2 мыӊ сумды, тасыў ҳәм сақлаў тараўы 7 360,8 мыӊ сумды ҳәм санаат тараўы 6 104,4 мыӊ сумды қурап, орташа айлық мийнет ҳақыға салыстырмалы жоқары көрсеткишти қурады. Билимлендириў (3 434,9 мыӊ) ҳәм денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў (3 241, 2 мыӊ сум) тараўлары болса басқа тараўларға салыстырмалы еӊ төменги орынларда екенлигин көриў мүмкин, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги