3-5-май күнлери Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында туңғыш рет дзюдо бойынша Үлкен Дубылға дүркимине кириўши турнир болып өтеди.

Ҳәзирги күнге шекем дүнья жүзиниң 70 тен аслам мәмлекетинен 429 палўан қатнасыўы күтилип атырған бул жарыста Өзбекстан сайланды командасының дзюдошылары да толық қурамда қатнасады.

Қуўанышлы тәрепи сонда, сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы палўанлардан -81 кг салмақта Шарофиддин Балтабаев ҳәм -100 кг да Ерназар Сарсенбаевлар жарыс жеңимпазлығы ушын гүреске кириседи.

Соны айтып кетиўимиз керек, бул жарысқа Диёра Келдиёрова, Давлат Бобонов, Музаффарбек Тўрабоев, Алишер Юсупов сыяқлы жетекши дзюдошылар қатнаспайды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги